Φιλικό προς την Οικογένεια
Сабина - Нацистлердиң (фашистлердиң) Дәўиринде, Масийх ушын Азап шеккенлер
Фашистлер Сабинаның пүткил шаңарағын өлтирди. Бирақ ол олар менен Масийхтың сүйиспеншилигин бөлисиў ушын ҳәмме нәрсени қәўип астына қойды. Сабина: Фашистлердиң Дәўиринде, Масийх ушын Азап шеккенлер – бул Қудайдың сүйиспеншилиги гедоникалық атеистти Масийхтың кешириминиң руўхландыратуғын үлгиси етип, қалай өзгерткени туўралы ўақыя. Сабина менен Ричард Вурмбранд Хош Хабардың душпанлары тәрепинен қуўғын болған туўысқанларға хызмет етип, Құдайдың Патшалығын батыллық пенен кеңейтиў ушын өзлериниң қолайлы шараятын ҳәм қәўипсизлигин қурбан қылды. Олардың Масийх ҳаққында берген гүўалықларынан жигер алың ҳәм мына шынлықтың қүдиретин билип алың: Кеширим бериў – бул Хош Хабардың жүреги.